“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен “Тараққиёт кўзгуси” газетасы редакциясы менен биргеликте  “Мәҳәллемниң жамалы” атамасында жас сүўретшилер таңлаўы болып өтти.

Таңлаў “Мәҳәллелерде абаданлықты тәмийинлеў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, халықтың медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў” атамасындағы “Абат мәҳәллем” грант жойбары шеңберинде өткерилди.  Буннан гөзленген мақсет, тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў,  халықтың, әсиресе, жаслардың тәбиятқа болған қатнасын,  олардың экологияға байланыслы билимлерин жетилистириў болып табылады.

Онда райондағы 9 улыўма билим бериў мектебинен 24 оқыўшы қатнасып, ана тәбиятымызға болған көзқарасын, экологиялық билимлерин сүўретлер арқалы көрсетип берди.


Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланып, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги