Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы рәсмий сапар менен Францияда болды.

Сапар шеңберинде бир қатар ушырасыўлар өткерилди. Өзбекстан – Франция арасындағы саўда-экономикалық байланыслар, социаллық, мәдений-гуманитарлық, парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине итибар қаратылды.

Атап айтқанда, «Rothschild&Co» бақлаў кеңесиниң ағзасы А.Ротшильд пенен сәўбетлесиў ўақтында халықаралық инвестициялар тараўындағы ағымдағы тенденциялар, оларды әмелге асырыў перспективалары додаланды. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының тийкарғы активлерин меншиклестириў бағдарламаларын әмелге асырыўда компанияның тәжирийбесин нәтийжели қолланыў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Баронесса Ариэль Малар де Ротшильд «Rothschild&Co» финанслық топары Өзбекстанда басланған реформаларды қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге, экономиканы реформалаўда, соның ишинде, кәмбағаллықты системалы қысқартыў мәселелерин шешиўде белсене қатнасыўға таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында «Rothschild&Co» компаниясының қатнасыўында мәмлекетлик объектлер ҳәм кәрханаларды меншиклестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде турақлы өз-ара байланысларды даўам еттириўге келисип алынды.

Сапар шеңберинде «Total Eren» атқарыўшы вице-президенти Фабьен Демол менен де ушырасыў болып өтти. Онда Өзбекстанда қайта тикленетуғын энергия дәреклери тараўын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Бизге белгили, дүнья жүзи бойлап жасыл энергетикадан кеңнен пайдаланыў барған сайын айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, «Total Eren» компаниясы Самарқанд ўәлаяты Нурабад районында 100 МВт қуўатлылыққа ийе фотоэлектр станциясын табыслы иске қосқаны ҳәм бул региондағы флагман жойбарға айланғаны атап өтилди. Сондай-ақ, компанияның жаңа ири инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў арқалы Өзбекстандағы қатнасыўын кеңейтиўге умтылып атырғаны билдирилди.

Фабьен Демол ханым «Total Eren» компаниясының ҳәзирги күнде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жойбарларын мақтаныш ететуғынын, турақлы өз-ара бирге ислесиў тийкарында жаңа ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин атап өтти.

Өзбекстан делегациясы Франция миллий мийрасы институтының директоры Ш.Персонназ бенен де сөйлесиў өткерди. Онда еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар тараўында бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Ш.Персонназ Өзбекстан басшысының ески архитектуралық ҳәм мәденияттың сийрек гезлесетуғын естеликлерин реставрациялаў ҳәм қәстерлеп сақлаў, мәмлекеттиң бай материаллық-мәдений мийрасын тиклеў, музей жумысларын раўажландырыў бағдарында әмелге асырып атырған илажларды жоқары баҳалады.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстандағы мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў тараўында Францияның алдынғы тәжирийбесин енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, Франция Миллий мийрас институтының жетекши қәнигелерин тартқан ҳалда миллий кадрлардың маманлығын арттырыў, еки мәмлекет жетекши экспертлериниң қатнасыўында мәдений мийрасты раўажландырыў бойынша биргеликтеги әмелий семинарлар өткериўге әҳмийет қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында өзбек археологлары ҳәм реставраторларын арнаўлы таярлықтан өткериў ҳәм олардың Франция Миллий мийрас институтында илимий-техникалық билим алыўы бойынша келисимге ерисилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы