Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2023-2024 окыў жылы ушын айрықша талант талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жыл 24-июльден 2-август күнлери аралығында өткерилиўи режелестирилген.

Бүгин кундизги тәлим бағдарлар «Вокал атқарыўшылығы» (қарақалпақ ҳәм өзбек топары), «Театртаныўшылық», «Кино өнери сыншысы ҳәм анализи», сондай-ақ, «Эстрада актёрлығы» (қарақалпақ ҳәм өзбек топары) бағдарлары ушын дөретиўшилик имтихан болып өтпекте.




Дөретиўшилик имтиханлардың ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде өтиўи ушын имтихан өткерилетуғын аудиторияларға арнаўлы камералар орнатылған болып, интернет тармағындағы https://kamera.uzdsmi-nf.uz/ мәнзили арқалы тиккелей бақлап барыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги