Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен “Өзбекстан Экологиялық партиясының жумысы: 1-ярым жыллық жуўмағы ҳәм келеси 6 ай даўамындағы әҳмийетли ўазыйпалар” атамасында гезектеги  Кеңес  мәжилиси болып өтти.

Онда Кеңес ағзалары, депутатлар, “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты” жетекшилери, басланғыш партия шөлкеминиң белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер – усы жылдың өткен 6 айы даўамында партия шөлкеми ҳәм депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар  бойынша жуўапкерлердиң есабаты, келеси дәўир ушын  белгиленген илажлар режесин ҳәм әҳмийетли мақсетлерди белгилеў, “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты” жетекшилерин сайлаў мәселелери ҳәр тәреплеме талқыланып, даўысқа қойылды. Көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Партия бағдарламасындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип атырған ағзаларға партия шөлкеми баслығы А.Исмайлова тәрепинен алғыснамалар ҳәм саўғалар тапсырылды. Соның менен бирге, партияға тазадан қосылған ағзаларға ағзалық билети ҳәм саўғалар салтанатли түрде тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги