Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин, жәмийетте тутқан орнын  арттырыў  мақсетинде аймақ турғынлары менен сәўбетлесиў өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўапкер хызметкерлери,  Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судьялары, Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда алып барылып атырған түпкиликли реформаларға  тоқтап өтти.

Соның менен бирге, перзент тәрбиясында барлық форма ҳәм усыллардан нәтийжели пайдаланыў, ҳуқықый мәдениятымыз дәрежесине сын баҳа берип, машқалаларымыздың себебин терең үйрениўимиз керек. Бирақ тек нызамларды үйрениў, жуўапкершилик пенен қорқытыў арқалы нызам үстинлигине ҳәм жетискенликке ерисе алмаймыз. Буннан тысқары, ҳәзирги глобалласыў, илмий-техниканың раўажланыў дәўиринде халықтың ҳуқықый билими ҳәм мәдениятын жетилистириўде инновациялық усыллардан, үгит-нәсияттың тәсиршең қуралларынан жетерли дәрежеде пайдаланбай атырғанымызды да мойынлаўымыз керек, деген пикир-усыныслар айтылды.




Ҳуқықый билим, анығырақ етип айтқанда, ҳуқық ҳәм нызамшылық пенен байланыслы адамлардың санасында сәўлеленетуғын, олардың сезимлери, әмелий тәжирийбелер тәсиринде пайда болған ҳуқыққа болған қатнасын билдиреди. Ҳуқықый мәденият болса, пуқаралардың мәмлекет ҳәм ҳуқық ҳаққындағы әҳмийетли билимлерди ийелеп алыўы, әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы түсиниклерин додалап, олардан дурыс пайдалана алыўына байланыслы болып есапланады. Ҳуқықын билген ҳәр бир пуқара жынаятшылық ҳәм жынаяттан жәбирлениўши болып қалыўдан сақланады. Оның ақыбетин терең түсинип, бундай жағдайдан аўлақ болады.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги