Қоңырат районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оны нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаўға бағышланған оқыў-семинар болып өтти. Онда райондағы мәҳәлле белсендилери, социаллық тараўлардың ўәкиллери қатнасты.

Оқыў-семинарда Өзбекстан Республикасы Есап палатасы бас инспекторы С.Ахмеджанов, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы С.Данияров ҳәм басқалар пәрманның мазмун-мәнисине кең түрде тоқтап өтти. Ҳүжжетке муўапық, Президент жанында шөлкемлестирилген Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң районлық басқармалары «Инсан» социаллық хызметлер орайлары деп аталады.

Агентлик халықты социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығып, әмелге асырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып табылады. Бир қатар шөлкемлер агентликтиң системасына өткериледи.

Семинарда «Инсан» социаллық хызметлер орайларында дүзилген социаллық хызметкерлер топарларының ўазыйпалары да түсиндирилди.


Ҳәр бир шаңарақтың ҳақыйқый жағдайын үйренип, олардың социаллық хызметлер ҳәм жәрдемге болған зәрүрлигин анықлаў, шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайы ҳәм мүтәжликлерин үйрениў нәтийжесинде олардың социаллық паспортын қәлиплестириў, жәрдемге мүтәж халық пенен, соның ишинде, кейс-менеджмент усылын қолланған ҳалда нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, олардан социаллық хызметлер ҳәм жәрдем алыў ушын буйыртпалар қабыл етиў, зәрүрлигине қарай буйыртпаларды тийисли министрлик ҳәм уйымларға жибериў, аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм усындай жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған шаңарақларды турақлы түрде мониторинг етип барыў, олар ушын социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди шөлкемлестириў социаллық хызметкерлер топарларының тийкарғы ўазыйпаларын қурайды.

Енди социаллық қорғаўға ажыратылатуғын барлық қаржылар агентлик жанында шөлкемлестирилетуғын фонд арқалы мәнзилли бағдарланады ҳәм оның қәрежетлери ашық-айдын болады. Және бир жаңалық агентлик ушын кеминде 10 процент хызметкерлер майыплығы бар инсанлар арасынан таңлаў сыпатында жумысқа алынады.

Әлбетте, бул реформалар ҳәр бир инсанның өз қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын ылайықлы шараят жаратыўдай мақсетти әмелге асырыўға беккем тийкар болады.



Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги