Жақында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында быйылғы оқыўға кириў имтиханларына киргизилген өзгерислер, олардың ашық-айдынлығы ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў мақсетинде имтиханлардың электронласыўы менен байланыслы оқыў-семинары өткерилди. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў ҳәм илимий изертлеўлер системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2023-2024-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети ҳәм оның филиалларында абитуриентлер ушын ҳүжжет тапсырыўда және олардың кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларына бир қатар өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, «Спорт хызмети (хызмет түрлери бойынша)» бакалавриат тәлим бағдарына кеминде екинши спорт разрядына ийе болған, «Спорт түриниң айрықша бағдарлары» магистратура қәнигелигине болса, кеминде Өзбекстан спорт шеберлигине ямаса Өзбекстан гроссмейстерлигине талабан спорт разрядына ийе болған талабанлар қабыл етиледи.

2023-2024-оқыў жылынан баслап университет ҳәм оның филиалларында, басқа да жоқары оқыў орынларының денетәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы тәлим бағдарларында Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен спортшы, халықаралық дәрежедеги Өзбекстан спорт шебери ямаса халықаралық гроссмейстер, Өзбекстан спорт шебери ямаса халықаралық гроссмейстер, республикалық чемпионатларда соңғы бир жыл ишинде жеңимпаз болған спортшылар кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсырыўдан азат етиледи ҳәм оларға максимал балл бериледи.

– Кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан процесслеринде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде усы оқыў жылынан баслап санлы технологиялардан пайдаланылады, -дейди Қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Медетбай Рамазанов. -Быйылғы кәсиплик имтиханлар электронластырылып, барлық процесслер планшетте әмелге асырылады. Яғный абитуриенттен имтихан алынғаннан соң оған қойылған нәтийже бойынша оның балы планшеттеги арнаўлы программаға киргизиледи. Абитуриент барлық нормативлерди тапсырып болғаннан соң имтихан алыўшылар тәрепинен тастыйықлаў түймеси басылады ҳәм сол ўақыттың өзинде абитуриентке жыйнаған балы қол телефонына смс хабар болып барады.

Өзбекстан бойынша 3 жоқары оқыў орнында – Шыршық қаласы, Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы тәризде алыныўы режелестирилген болып, бул аймақлардағы Денетәрбиясы ҳәм спорт университети филиалларының арнаўлы қәнигелери кәсиплик имтиханларда планшетлерден пайдаланыў бойынша Ташкент қаласында оқытылды.

Үш күнлик оқыў семинары даўамында Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң қәнигелери Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларына жуўапкер хызметкерлерге планшетлерден пайдаланыў бойынша әмелий сабақлар өткерди.





Усы жылдың 24-июль сәнесинен басланатуғын имтиханларға шекем филиал қәнигелери жаңа программада ислеў бойынша көнликпе қәлиплестирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги