Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хожели ҳәм Шымбай районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажларда жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен пуқаралар усланды.

Атап айтқанда Департаменттиң Хожели районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде пуқара Т.М. районлық Халық билимлендириў бөлиминиң инспектор-методисти ўазыйпасында ислеген дәўиринде пуқара Э.М.ны 3 мың АҚШ долларына райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң бирине директор лаўазымына өткериўди айтып, оның  2 мың 100 АҚШ доллары менен 1 миллион сумын алдаўшылық жолы менен алғаны анықланып, Т.М. тәрепинен 1 миллион сумның қайтарылыўы процессуал тәртипте рәсмийлестирилди.

Усы сыяқлы, Департаменттиң Шымбай районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда  пуқара У.Л. пуқара Г.У.дың исенимине кирип, оны танысларының  жәрдеминде Нөкис қалалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайына жумысқа орналастырып қойыў ушын 20 миллион сумды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдайлар бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги