Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетине Оксфорд университети Шығыстаныў факультети деканы орынбасары, профессор Зейнеб Юракли басшылығында бир топар тюрколог профессорлардан ибарат делегация келди.

Мийманларға университете алып барылып атырған жумыслар жақыннан таныстырылып, өзбек әдебияты ўәкиллери, ояныў дәўири әдебиятының дөретиўшилери, алымлары ҳәм оқымыслы адамлары, олардың дөретпелери ҳаққында қызықлы мағлыўматлар берилди. Шөлкемниң өзбек тили ҳәм мәдениятын ең жайдырыўдағы жумыслары, “Өзбек мектеби” жумысы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Ушырасыўда Оксфорд университетинде өзбек тили курсын ашыў ҳәм оны методикалық қоллап-қуўатлаў мәселеси додаланды. Тәреплер усы жылдың декабрь айында Оксфорд университети рәсмий делегациясының сапары шеңберинде шериклик меморандумына қол қойыўды мақул көрди.

 

Гулқумар Жақсылыкова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги