Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-857, 18.07.2023-жыл) менен Салық кодексиниң 483-статиясына қосымша киргизилди.

Нызамға бола, 2026-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан футбол ассоциациясы, аймақлық бөлимлери, “Өзбекстан Профессионал футбол лигасы” жәмәәт бирлеспеси, Өзбекстан футбол төрешилери орайы ҳәм профессионал футбол клублары төмендеги салықларды төлеўден азат етиледи:

— Барлық түрдеги салықларды (социаллық салықтан тысқары);

— Өзи тартқан сырт ел қәнигелери ҳәм футболшыларының дәраматларынан төленетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы;

— Өзбекстанға алып кирилетуғын, Өзбекстанда уқсасы ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелери ҳәм инвентары, трансляция етиў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер, инвентар ҳәм техника, фармакология товарлары, спорт азық-аўқатлары, футбол (футзал) майданшалары ушын тәбийғый шөплер, шокпад, гранулалар, арнаўлы желимлер ҳәм арнаўлы профессионал спорт бас кийимлери, транспорт қураллары, тийкарынан транспорт қураллары ушын қойылған баҳа салықлары.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Гулдана Далибаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги