Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жылдың 1-10-июль күнлери аралығында студент-жаслар арасында «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында онлайн түрде өткерилген таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Университет ректораты тәрепинен Ҳүрметли Президентимиздиң алға қойған «Бес әҳмийетли баслама»сы тийкарында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде өткерилген таңлаўда 3 мыңнан аслам студент-жаслар қатнасып, билимлерин сынақтан өткерди.

«Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында 15 тен аслам атамадағы онлайн таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеген жеңимпазлар университет ректораты тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.




– Өз алдымызға үлкен шеклерди қойғанбыз, – дейди жеңимпаз Пәрўаз Сәрсенбаева. –Елимиздиң раўажланыўында биз жаслар да пидайылық көрсетип, мүнәсип үлес қосыўға ҳәрекет етемиз. «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астындағы таңлаўда ҳәр биримиз Ўатанымызға ҳәм халқымызға хызмет етиў бас мақсетимиз екенин дәлийллеўге ҳәрекет еттик.

Қарақалпақстан хабар агентлиги