Усы жыл 20-июльде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Саудия Арабстанының ACWA Power компаниясы ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыўда компания тәрепинен республикамыздағы Үстирт тегислигинде қурылыўы режелестирилген самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў, бул бағдарда бар мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, станция қурыўдан алдын компания тәрепинен Үстирт тегислигиниң самалдан энергия алыў мүмкиншиликлерин, инфраструктурасын, ҳайўанат дүньясын үйрениў бағдарында алып барып атырған изленислери ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Сондай-ақ, самал электр станциясын қурыў ушын Қарақалпақстан Республикасының қолайлықлары, алдағы ўақытта бул тараўды раўажландырыў бойынша және қандай илажларды әмелге асырыў мүмкиншиликлери бар екенлиги, бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў илажлары ҳаққында кең түрде пикирлести.



Соңғы жыллары қайта тиклениўши энергия дәреклеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыўға айрықша итибар қаратылып атырған болып, бул бағдарда республика көлеминде бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, “ACWA Power” компаниясы тәрепинен Қарақалпақстанда 1500 МВт болған самал электр станциясын қурыў жойбары шеңберинде әмелий жумыслар баслап жиберилген.


Ушырасыў соңында Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары ҳәр қандай инвестор қоллап-қуўатланатуғынлығын ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириўге қаратылған илажларға барлық мүмкиншиликлер жаратып берилетуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги