Елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын және де жақсылаў, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мойнақ районы Мәдели аўыл пуқаралар жыйынында «Миллий қәдириятларымыз – бийбаҳа байлығымыз» атамасында миллетлераралық татыўлықты, аўызбиршиликти беккемлеў, диний кеңпейилликти сақлаў мақсетинде  илаж өткерилди. Онда ата-бабаларымыз пайдаланған әсбап-үскенелерден пайдаланылып, нураный апалар жип ийирип, гүнжи түйди. Усындай миллий үрп-әдетлеримиз ҳаққында жас қыз-келиншеклерге түсиник берилди. Илаж қарақалпақ туўысқан халықлардың миллий намаларының жанлы ҳаўазда атқарылыўы менен көтериңки кейпиятта даўам етти.

-Мойнақ районында ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң татыўлығы, аўызбиршилиги ҳәм қарым-қатнасының тамыры тереңге жайылған, -дейди районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Жамалова. -Бул болса, жәмийетимиздиң, мәмлекетимиздиң аўызбиршилигин сақлаўға хызмет етеди.

Районда жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң татыўлығы өткерилген илажда халқымыздың мине усындай ағла пазыйлетлери өз көринисин тапты.






– Мен Мойнақ районында туўылып, усы жерде жасап киятырман. Қоңсыларымыз бенен татыў турамыз, бир-биримизден жәрдемимизди аямаймыз, -дейди Люба апа. – Балам қарақалпақ қызына үйленип, үш перзентли болды. Өмирлик жолдасым өзбек.

Районның Арал мәкан пуқаралар жыйынындағы «Future Muynak» имаратында да шөлкемлестирилген усындай илаж миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм миллий қәдириятларды жәмлестирген ҳақыйқый байрамға айланды.

-Аўызбиршилик ҳәм татыўлықта жасайтуғын ҳәр қандай жәмийет беккем болатуғыны тарийхтан мәлим. Бундай жәмийет басқаларға үлги болып, бул жерде көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўы, жетилисиўи сөзсиз, -дейди мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси Қ.Бегдуллаева. – Әлбетте, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли илажлардың орайында ең дәслеп инсан қәдири, инсан мәпи, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мақсети турады. Буны шын кеўилден сезинген аўылымыз турғынлары ҳүкиметимизге терең миннетдаршылық билдиреди.

Илажда көше басы ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм аймақтың зийрек, шаққан оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламалары, миллий ойынлар шөлкемлестирилип, ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң миллийлиги сәўлелендирилди.

– Мен Хорезм ўәлаятынан Мойнаққа көшип келдим, -дейди Гәўҳар Рахимова. – Алыс районларды медицина кадрлары менен тәмийинлеў мақсетинде «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде район халқына шыпакер болып хызмет етип атырман. Район халқы жүдә аўызбиршиликли болып, биреўи той-мереке берсе, барлық қоңсылары биргеликте жәрдем береди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматына қарағанда, бүгинги күнде районда корейс, немис, татар, түркмен, қырғыз, беларус, украин ҳәм басқа да 12 миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасап келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги