Бүгинги күнде Президентимиздиң басламасы менен арнаўлы категориядағы жасларға да айрықша итибар қаратылып, олардың ҳәр бириниң мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлери басшыларының аталығында бир қатар машқалалары менен мәселелери шешилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ҳәким жәрдемшиси, Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими бас қәнигесиниң қатнасыўында болып өткен ушырасыўда да арнаўлы категориядағы жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўдеги нызамшылықта белгиленген жеңилликлер, олардан пайдаланыў механизмлери туўралы мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда арнаўлы категориядағы жаслардың мәселелерин системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, социаллық-экономикалық, психологиялық қорғаўға мүтәж, инталы ҳәм белсенди жасларға көмеклесиў, оларды кәсип-өнерге үйретиў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўда әмелий жәрдем бериўдеги нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылыўы керек болған жумыслардың тәртип-қағыйдалары, избе-излиги бойынша толық түсиниклер берилди.

– Атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасына Хожели районында жасаўшы 15 майыплығы, 10 созылмалы кеселлиги бар және 15 миграциядан қайтып келген, жәми 40 арнаўлы категориядағы итибарға мүтәж жаслар бириктирилген,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Илажда шешимин күтип турған усындай мәселелер ортаға тасланып, пикир-усыныслар билдирилди.



Машқала ҳәм мәселелердиң унамлы шешимин таўып, итибарға мүтәж жасларға әмелий жәрдем бериўде жуўапкер қәнигелер менен кеңесип, нызамлы мүмкиншилик ҳәм илажлар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги