Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында бақланып атырған қолайсыз ҳаўа-райы (күшли самал) ақыбетинде айырым аймақларда электр энергиясында үзилислер жүз бермекте. Бул хаққында Энергетика министрлигиниң жергиликли басқармалары хабар бермекте.

Соның ишинде, Хорезм ўәлаятының Үргенш, Гүрлен, Шават, Бағат, Жаңабазар, Қошкөпир, Ханқа районларында күшли самал электр сымағашларын қулатқан, үйлердиң төбесин ушырып кеткен, тереклер қулап, электр тармақларына зыян жеткерген. Нәтийжеде, электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүз берген.

Атап өтилиўинше, «Аймақлық электр тармақлары» кәрханасының бригадалары тәрепинен авария жағдайларын сапластырыў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында күшли самал есиўи ақыбетинде айырым электр узатыў тармақлары қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде өширилген. Сол себепли, айырым аймақларда электр тәмийнатында үзилис бақланбақта. Күшли самал есиўи тоқтағаннан кейин электр тәмийнатының тикленетуғыны айтылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги