Қоңырат районы ғәллекешлери 3 мың 465 тонна дән тапсырып, мәмлекетке ғәлле сатыў бойынша шәртнамалық режесин орынлады.

Районда ғәллешилик бағдарындағы фермер хожалықлары тәрепинен ҳәр жылғы мәмлекетке дән сатыў бойынша шәртнамалық режеси артығы менен орынланып, жыл даўамында халқымызды сапалы дән, ун ҳәм ун өнимлери менен тәмийинлеў имканиятлары кеңейип бармақта.

-Быйылғы жылдың зүрәәти ушын районда 133 фермер хожалығы тәрепинен 2022-жылдың гүзинде 3 мың 400 гектар майданға ғәлле егилип, тегис өнип шыққан бийдай нәллери агротехникалық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда тәрбияланды, -дейди «Қоңырат пахта кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Юсупбай Бекчанов. –Фермер хожалықлары тәрепинен бийдай атызларын гүзги-қысқы мәўсимде суўғарыў ҳәм азықландырыў жумысларына айрықша итибар берилип, кешиктирип болмайтуғын агротехникалық илажлар аўызбиршилик пенен системалы түрде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтиў керек.

Райондағы «Үркинбай», «Қоңыратлы Мухаммед», «Жаңабай жапар», «Бесқала дән», «Дощан аўыл», «Дәсмеш», «Султанмурат» фермер хожалықлары бириншилерден болып мәмлекетке ғәлле тапсырыў режелерин артығы менен орынлап, жоқары көрсеткишлерге еристи. Ғәлле қырманына «Қоңырат пахта кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Қоңырат ун заводы» акционерлик жәмийети өз үлесин қосты.

Жетистирилген зүрәәтти өз ўақтында, набыт етпестен орып-жыйнап алыў мақсетинде районда жәми 12 орым отряды шөлкемлестирилип, оларға 12 дән орыўшы комбайнлар  бириктирилди. Орым-жыйын мәўсими алдынан дән қабыллаў орынлары толық оңланып, процесске тартылатуғын техникалар техникалық тексериўден өткерилди ҳәм онда жумысшылардың тәжирийбесин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Бир жағадан бас шығарып, аўызбиршилик пенен исленген мийнетлер нәтийжесинде районның ғәллекешлери тәрепинен шәртнамадағы 3  мың 465 тонна, сондай-ақ, туқымлық бийдай режесиндеги 915 тонна қырмызы дән тапсырылып, белгиленген реже 100 процентке орынланды. Мәмлекетке ғәлле сатыў шәртнамалық режеси болса республикамызда бириншилерден болып орынланды ҳәм бәлент ғәлле қырманы таярланды.

Шәртнамалық режеден тысқары жетистирилген зүрәәттиң фермер хожалықларының өзинде қалатуғыны аўыл халқының турмыс абаданлығын артырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Районда орым-жыйын жумыслары еле даўам етпекте. Қоңыратлы ғәллекешлер атызларда писип жетилискен дән өнимлерин набыт қылмай, ақырына шекем жыйнастырып алыў ушын мийнет етпекте.

Ғәлледен қалған сабан прессленип, шарўа ушын азықлық ғамланбақта. Дән орып алынған атызларда қайта егин егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги