Өзбекстанда жаңа оқыў жылы ушын ЖООларға абитуриентлерден ҳүжжет қабыллаў даўам етпекте. Билимди баҳалаў агентлиги 15-июль 18:00 жағдайына бола ең көп абитуриент дизимнен өткен университетлер беслигин мәлим етти.

Өткен 25 күн даўамында ең көп абитуриент дизимнен өткен университетлер қатарында Өзбекстан миллий университетине 23 мың 552 абитуриент ҳүжжет тапсырған.

  1. Өзбекстан миллий университети;
  2. Ферғана мәмлекетлик университетине 18 мың 218;
  3. Ташкент информациялық технологиялар университетине 18 мың 192;
  4. Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетине 18 мың 165;
  5. Ташкент мәмлекетлик экономика университетине 17 мың 511 абитуриент ҳүжжет тапсырған.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатына оқыўға кириў ушын 605 мың 879 абитуриент онлайн дизимнен өткен. Соннан күндизги тәлим түри ушын 397 мың 807, абитуриент кешки тәлимге 15 мың 311,  сыртқы тәлим түрине 188 мың 571, аралықтан оқыў ушын 4 мың 190  абитуриент ҳүжжет тапсырған.

 

Жулдыз Орынбаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги