Ким Унг-Йонг 1962-жылы Кореяда туўылған. Ол дүньядағы ең жоқары IQ  ийеси ретинде “Гиннес”тиң рекордлар китабына киргизилген ең ақыллы инсан. Ол 6 айлық ўақтында сөйлей баслаған, үш жасында корейс, япон,  немис ҳәм көплеген басқа тиллерде оқыўды, төрт жасында болса немис ҳәм корейс тиллеринде 2000ға шамалас сөзлерди ядлаған. Төрт жас ўақтында жети жасарлық балаға берилетуғын IQ тесттен 200 ден жоқары балл топлаған, 5 жасында ең қурамалы коеффицентлик теңлемелерди шеше алған.

Мағлыўмат орнында, Ким Унг-Йонг төрт жасында университетке қабылланған ҳәм жети жасында NASAға жумысқа усыныс етилген.

Және усыған уқсас ақыллы адамлар ҳаққында билесиз бе?

 

Гулқумар Жақсылыкова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги