Июнь айы Европа мәмлекетлеринде белгиленген ең ыссы ай болды. Бул ҳаққында Блоомберг хабар берди.

Мағлыўмат бериўине қарағанда,  ыссы ҳаўа-райы адамлардың өмирин қәўип астына қойған ҳәм электр тармақларының артықша жүклениўине ҳәм соның менен бирге, тоғайларда өрт келип шығыўына да себеп болған.

Агентликтиң хабар бериўинше, Қубла Европаның үлкен бөлегинде күшли ыссы ҳаўа-райы  даўам етпекте. Мәселен,  Италия ҳәм Испанияда ҳаўа температурасы 40 дәрежеден жоқарылаўы мүмкин. Анықлық киритилиўинше, ыссы ҳаўа-райы төменлеўи ҳәзирше прогноз етилмеген. Келеси ҳәптеде Арқа Африкадан киятырған ыссылық толқыны Қубла ҳәм Орайлық Европада ҳаўа температурасының еле де жоқарылаўына алып келиўи күтилмекте.

Июнь айында Пүткил дүня метеорология шөлкеми (WMO) 2023-жылдың жазы Европа ҳәм пүткил планета ушын рекорд дәрежеде ең ыссы болыўы мүмкинлигин айтып өткен еди. Келешекте температураның көтерилиў тенденциясы өсиўде даўам етиўи жазып қойылды.

 

Гулқумар Жақсылыкова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги