Депутатлардың жумысы ҳәр тәреплеме арттырылмақта

229

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеслери депутатларына оқыў-семинар өткериў белгиленген еди.

Усы тийкарда Қараөзек районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районлық Кеңеске сайланған депутатлар ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов, Жоқарғы Кеӊес депутаты У. Жалменов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслери баслықлары қатнасты.

Семинарда баянатшылар тәрепинен депутат жумысының нызамлылық тийкарлары,  сайлаўшылардың мүрәжатлары менен ислесиўде олардың атқаратуғын хызмети  ҳәм жуўапкершилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, илажда депутатлардың сайланған округи аймағындағы машқалалар,  мәмлекетлик бағдарламалардыӊ тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў, мәҳәлле белсендилери менен ислесиўди еле де күшейтиў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша пикир алысылды.

Усы мазмундағы семинарлар республикамыздың басқа аймақларында да болып өтпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы