Футбол: Өзбекстан енди қайсы команда менен ойнайды?

177

Футбол бойынша 2026-жылы өткерилетуғын жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышына табыслы қатнасып, келеси турларға таярлық көрип атырған Өзбекстан миллий сайланды командасы 20—31-январь күнлери Қатарда өзиниң гезектеги оқыў-шынығыўларын өткереди.

Оқыў-шынығыўлар даўамында Сречко Катанец басшылығындағы сайланды командамыз Иорданияға қарсы жолдаслық ойынын өткереди.

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан ҳәм Иордания миллий сайланды командалары арасындағы ойын 27-январь күни Ташкент ўақты менен саат 22:00де «Абдуллоҳ бин Халифа» стадионында болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы