Бокс: Артур Кеңесбаев Тамбовтағы турнирде қатнасады

242

16-20 январъ күнлери  Россия Федерациясының Тамбов қаласында бурынғы аўқам спорт шебери Валерий Станиславович Ледовскийдиң  естелигине бағышланып жас өспиримлер арасында бокс турнири болып өтеди.

Бул жарысқа Сирожиддин Наимов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасады. Әҳмийетли тәрепи сонда, ең аўыр +81 кг салмақ категориясында республикамыз ўәкили Артур Кеңесбаев та қатнасады.

Боксшимизге бул жарыста әўмет тилеймиз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы