Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы И.Казаков бажыхана комитетиниң жуўаплы ўәкили С.Жалилов пенен бирге Нөкис қаласындағы медициналық буйымлар ислеп шығаратуғын “NUKUS MED TEX” ЖШЖ түриндеги қоспа кәрханасында болып, жумыслар менен жақыннан танысты.


Бүгин мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысында товарлар экспортының орны гиреўли.  Себеби елимиздиң экономикалық жақтан өсиўи, валюта түсими тәмийнатында да экспорт  етилетуғын товарлар айрықша әҳмийетке ийе.   Экспортёр кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, оларға өз өнимлерин дүнья базарларына алып шығыўына әмелий жәрдем бериў мақсетинде бажыхана уйымларының жуўаплы хызметкерлери тәрепинен системалы жумыслар алып барылмақта.

Атап өтиў керек, жылына 250 миллион дана бир мәрте пайдаланатуғын медициналық буйымлар, яғный 12 түрдеги шприц ҳәм инфузион системаларды ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе бул кәрхана 2022 ҳәм 2023-жылдың өткен дәўири ишинде ҳүкиметимиздиң тийисли қарарлары тийкарында Қытайдан алып келинген технологиялық әсбап-үскенелерди бажыхана  төлемлеринен жәми 3,3 миллиард сумнан аслам жеңиллик қолланылған ҳалда мәмлекетимиздиң аймағына алып кирилген. Өндиристиң ең алдыңғы заманагөй әсбап-үскенелерде автоматикалық тәризде басқарылыўы және оған тәжирийбели қәнигелерди тартыў нәтийжесинде бүгин күнге дерлик  700 мың дана өним ислеп шығарыўшы бул кәрханада 250  жергиликли халық, соның ишинде жаслар турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.

Ишки базардан артқан өнимлердиң турақлы экспорты жолға қойылған. 2022-жылдың басынан бери усы күнине шекем улыўма баҳасы 1,1 миллион АҚШ долларына тең болған 38 миллион дана шприц ва инфузион системалар Армения, Қазақстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлерине экспорт етилген.. Ислеп шығарылған өнимлер ушын керекли шийки затлардың 60 проценти жергиликли өнимлер болып табылады. Қытай, Иран, Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлеринен  импорт етилетуғын конюла ва гранулалар болса Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына қараслы бажыхана постлары тәрепинен әпиўайыластырылған тәртипте қысқа мүддетте рәсмийлестирилмекте.

Жуўапкерлердиң орынларға шыққан ҳалда үйрениўи даўамында экспорт ҳәм импорт товарларын аралықтан турып электрон декларациялаўдың абзаллықлары, бажыхана рәсмийлестириўиндеги жоллардың жеңилликлери туўралы толық мағлыўмат берилип, бул бағдарда кәрханада ушырасып атырған машқала ҳәм мәселелерге тийисли шешим табылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги