Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 11-апрельдеги «2023-2025-жылларда Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи улыўмамиллий ҳәрекетин әмелге асырыў бағдарламасы» тастыйықланып, 41 бәнттен ибарат бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда илажлардың өткерилиўи даўам етпекте.

Халық арасында жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм физикалық белсендилик дәрежесин көтериўге қаратылған улыўмамиллий ҳәрекет бүгинги күнде Өзбекстанның 28 қала ҳәм районларында әмелге асырылмақта.

Саламатлық көрсеткишлери, саламат турмыс тәризи ҳаққында өткерип атырған илажлары бойынша үлгили деп табылған 10 мәҳәлледе бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте «Саламат аўқатланыў ярмаркалары», медициналық тексериўлер өткерилип, басқышпа-басқыш басқа аймақларға да енгизилиўи режелестирилген.





Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлгили «Қумбыз аўыл», «Көк өзек», «Шымбай шайхана», «Ақотаў», «Гүзар», «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жыйынларында қалалық медицина бирлеспесине қараслы шаңарақлық поликлиникалардың қәнигелери тәрепинен «Саламат аўқатланыў ярмаркасы» шөлкемлестирилип, светофор көринисинде денсаўлық ушын зыянлы ҳәм пайдалы азық-аўқат өнимлериниң дизими халыққа усынылмақта. Қызыл реңли столға улыўма жеўге болмайтуғын, сары реңли столға аз муғдарда жеўге болатуғын, жасыл реңли столға жеў мүмкин болған өнимлер қойылып, олар ҳаққында халыққа түсиник жумыслары алып барылды.  Сондай-ақ, усы мәҳәллелерде есап бериў мәжилиси де өткерилип, сол аймақтың шыпакери аймақта жасаўшы халықтың саламатлық көрсеткишлери ҳаққында есап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги