Ислам бирге ислесиў шөлкеми жанындағы мәлимлеме агентликлери аўқамы (UNA) электрон бетинде Президентимиздиң лаўазымға кирисиў мәресимине бағышланған мақала жәрияланды. Бул мақала аўқамның «Twitter» социаллық тармағындағы аккаунтына да жа      йластырылды.

Мақалада атап өтилгениндей, мәмлекетимиз парламенти – Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Президенти лаўазымына кирисиў мәресиминде мәмлекет басшысы келеси жети жыл ушын жаңа мүддетке ерискеннен соң, салтанатлы түрде ант етти.

«Президент өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекеттиң келеси жети жылға режелестирилген стратегиялық мақсетлерин өз ишине алған «Жол картасы» ҳаққында мағлыўмат берип, социаллық тараўды раўажландырыў, исбилерменлик имканиятын кеңейтиў, Өзбекстан экономикасына инвестиция тартыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге итибар қаратты»,-деп атап өтеди ИБШ UNA баспасы.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў  керек, бул структура 1972-жылы шөлкемлестирилген, 2017-жылы мәлимлеме агентликлери аўқамына айландырылған. Ҳәзир 57 мәмлекет ағза UNA үш тилде жумыс алып барады. Аўқамның мәлимлеме-электрон платформасында хабар ҳәм мақалалар 15 тилде, соның ишинде, өзбек тилинде де жайластырылып барылады.

ӨзА