Нөкис қаласындағы Президент мектебинде 5-класс оқыўшыларына 2023-2024-оқыў жылы ушын кириў имтиханларының дәслепки басқышы басланды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде бириншилерден болып ашылған бул мектепке кириў имтиханлары Нөкис олимпиада ҳәм паралимпиада колледжиниң еки имаратында ҳәм Қарақалпақстан мәмлекетлик университетиниң спорт комплексинде болып өтпекте.















– Быйыл 3 мың 63 оқыўшыдан ҳүжжет келип түскен,-деди Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң директоры Махмуд Насиров. – Мектебимизде кириў имтиханларына үлкен таярлық көрилди. Оқыўшылар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылды. Имаратлар, суўытқышлар, мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленген. Имтихан процесслери Ишки ислер, Миллий гвардия, Айрықша жағдайлар басқармасы, медицина хызметкерлери тәрепинен қадағалап барылмақта.

Кириў имтиханларының екинши басқышы 31-июль күни болып өтеди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ, Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА