Қәнигелердиң пикирине қарағанда, қумшекер менен дуздың адам денсаўлығына зыянлы тәреплери де болып, оларды күнлик белгиленген нормасынан артық пайдаланылғанда нсан өмириниң қысқарыўына себеп болады.

Дуздың күнлик пайдаланыў нормасы 5 граммды, қумшекердиң нормасы 15  граммды қурайды. Бирақ бул нормаларға ҳәмме де әмел етпейди.

Нөкис қаласындағы әскерий бөлимлердиң биринде қалалық медицина бирлеспеси Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайының хызметкерлери, Республикалық АИЖС ке қарсы гүресиў, Тери ҳәм венерикалық кеселликлер ҳәм косметология илимий-әмелий медицина орайларының шыпакерлери халықтың денсаўлығын сақлаўға байланыслы үгит-нәсият илажларын өткерди.

Онда дуз ҳәм қумшекер өнимлериниң пайдасы менен зыяны ҳаққында сөз болды. Илаж даўамында қәнигелер әскерий хызметкерлерге саламат турмыс тәризине әмел етиў, семизликтиң алдын алыў, темеки шегиў ҳәм алкоголизмниң зыяны, АИЖС ҳаққында кең түрде түсиник берди.

– Буның менен шекленип қалмаймыз, -дейди Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы Нөкис қалалық бөлиминиң шыпакери Т.Рахметова. – Бар итибарды саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратып атырмыз. Усы мақсетте июль айында «Семизликке қарсы гүресиў айлығы», «Темекиге қарсы гүресиў күни» ҳәм «Дуз ҳәм қумшекерди шеклеў ҳәптелиги» сыяқлы өзине тән атамалар менен бир қанша илажларды өткериўди режелестиргенбиз.

Бундай илажлар тек Нөкис қаласы емес, республикамыздың басқа аймақларында да турақлы өткерилип келинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги