АҚШта тап усы дәрежедеги модел (14 Pro Max) 1099 $ турады. Инсайдер жаңа моделлериниң баҳасы өзгериссиз қалыўын айтпақта. iPhone 15 Pro Max тарийхта ең қымбат iPhone болыўы ҳаққындағы гәп-сөзлер 2022-жылдың ақырынан баслап тарқалып келмекте.

Үлкен батарея ҳәм дисплейден тысқары, iPhone 15 Pro Max 15 Proдан бир үлкен айырмашлыққа ийе болыўы күтилмекте. Буның айырмашлығы 5Х ямаса 6Х зоомлы перископ линзалар болып есапланады. Ҳәзирги iPhone моделлери сүўретлерди тек 3Хте үлкейтип бере алады.

Перископ камералар әллеқашан Android смартфонларында нәтийжели қолланылмақта. Мысалы, бундай модул Galaxy линиясының флагмонларында орнатылған. Олардың жәрдеми менен Samsung телефонлары сүўретлерди сапасын жойытпастан оптикалық үлкейтиў имканиятын береди.

Смартфонларды қайта зарядламастан ислеў мүддети созылыўы мүмкин. iPhone 15 Pro Max ҳәм iPhone 15 – 3 жаңа реңде: қызыл, жасыл ҳәм көк болып шығыўы бойынша хабарлар бар.

 

 

Гүлдана Дәлибаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги