Балалардыӊ жазғы дем алыс күнлерин кеўилли өткериў мақсетинде Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен тийисли шөлкемлер менен биргеликте түрли әскерий Ўатанды сүйиўшилик ҳәм спорт илажларын өткериў режелестирилген.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы “Арал” дем алыў орайында Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Нөкис қалалық оқыў спорт-техника клубы  тәрепинен Миллий гвардия, Жаслар аўқамы менен биргеликте пневматикалық мылтықтан оқ атыў бойынша жарыс өткерилди.


Дәслеп шөлкемге қараслы қалалық ҳәм районлық оқыў спорт техника клубларыныӊ техникалық ҳәм әмелий спорт түрлериниӊ көргизбеси шөлкемлестирилди. Балалар спорт автомобильлери, мотоцикльлер, велосипедлер, картинглер ҳәм моделизм бойынша көргизбелери менен танысыў имканиятына ийе болды.

Жарыс жуўмағында жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Айнура ҚАНИЯЗОВА,

Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық оқыў спорт-техника клубы баслығының орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги