Усы жылдыӊ 9-12 июль күнлери Түркияның Бурса қаласында болып өткен “Алтын қаракөз” миллий аяқ ойынлары халықаралық жарысында “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли жәмәәти және бир табысқа еристи.

Атап айтқанда, нсамбль ағзаларыныӊ шығыўы төрешилер қурамы тәрепинен мүнәсип баҳаланып, дүньяның оннан аслам мәмлекетлери арасынан сыйлы 2-орынды ийеледи. Шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, статуэтка, соның менен бирге 3000 евро муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги