ФОТОРЕПОРТАЖ
Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, исбилерменлик ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланыў нийетинде болған пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Райондағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Баҳадыр Баймуратов имканиятлардан пайдаланып, өткен жылы «Мебель Голд Жасмина» шаңарақлық кәрханасын шөлкемлестирди. Кәрханаға зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў ушын мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен банктен 136 миллион 800 мың сум муғдарында кредит қаржысын алды.
– Ҳәзирги күнде кәрханамызда уйым ҳәм шөлкемлерден және халықтан келип түсип атырған буйыртпалар тийкарында офис ҳәм шаңарақлар ушын заманагөй мебель өнимлерин ислеп шығарып атырмыз, – дейди исбилермен Баҳадыр Баймуратов. – Шаңарақлық кәрханамызда 4 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Келешекте кәрхананы және де кеңейтиў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жумысшылардың саны ҳәм өнимлердиң түрин және де арттырыўды режелестиргенбиз.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги