ФОТОРЕПОРТАЖ

Қыйын климат ҳәм топырақ шараятына ийе, экологиялық аўыр аймақ есапланған Аралбойында дийқаншылық етиў аңсат жумыс емес. Бирақ сондай шараятта да жер менен тиллесип, оны дәрамат дәрегине айландыра алған факторлар бар. Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Толыбай Байниязов мине усындай инсанлардан бири.








Т.Байниязов шаңарағындағы 8 сотихтан ибарат қыйтақ жерде, бир неше жыллар, мийўе ҳәм овощ өнимлерин жетистирип келмекте. 2 сотихли ыссыханада қыс күнлери қыяр ҳәм помидор туқымларын егип, ерте бәҳәрден бул овощларды базарға шығарып сата баслайды. Алма, ерик, алмурт, жүзим, шийе сыяқлы мийўели тереклер де избе-из өним берип, рузыгершиликке берекет киргизеди.

– Зайыбым Тазагүл менен шаңарағымызда гүл жетистириўди де жолға қойдық, – дейди Толыбай аға. – Бир сотих майдандағы ыссыханада әтиргүл, хризантема, бегония сыяқлы гүллер менен бирге лимон, қурма нәллерин тәрбиялаўды өзлестирдик. Қыймылдаған қыр асар, деп бийкарға айтпайтуғын екен. Усы мийнетимиз себепли дастурханымыз мол, арзыў-нийетлеримизге бирме-бир жетисип атырмыз. Әҳмийетлиси, перзентлеримиз де жерге меҳир қойып камалға келмекте.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги