Әмиўдәрья районы әдиллик бөлимине пуқара З. шағым менен мүрәжат етип, онда Ж. исмли қыз перзентине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық алыўда қыйналып киятырғанын билдирип, усы мәселеде жәрдем бериўди сораған.

Мәлим болғанындай, пуқара З. 2006-жылы қыз перзентли болады, бирақ перзенти үй шараятында туўылғанлығы себепли оған туўылғаны ҳаққында гүўалық ала алмаған.  Усы мәселеде  пуқара З. 2019-жылы  районлық ПҲАЖ бөлимине мүрәжат еткен, бирақ перзентиниң туўылғанын тастыйықлаўшы мағлыўматлар болмағанлығы себепли арза қанаатландырылмаған.

Нәтийжеде районлық әдиллик бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасының  Пуқаралық   процессуал кодексининг 295–статьясына тийкарланып, пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы  судына  усы анадан туўылғанлығы фактин анықлаў ушын даўа арза киргизилди. Судтың шешиўши қарары менен арза қанаатландырылды.

Шешиўши қарар күшке киргеннен кейин районлық ПҲАЖ бөлими тәрепинен З.ның перзентине туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы рәсмийлестирилип берилди ҳәм салтанатлы жағдайда тапсырылды.


Нилуфар ЖУМАНИЯЗОВА,

Әмиўдәрья районы әдиллик бөлиминниң бас мәсләҳәтшиси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.