Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қоңырат районы бөлими, район прокуратурасы,  Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң районлық  бөлими ҳәм Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында жумысқа орналастырып бериўди ўәде еткен пуқаралар усланды.

Атап айтқанда, пуқаралар  М.Н. ҳәм  Д.Д. арза ийесиниң исенимине кирип, оған  20 миллион сумға жоқары лаўазымда ислеўши таныслары арқалы ЖШЖ түриндеги  “Uz-Kor Gas Chemical” қоспа кәрханасына сипсекеш болып жумысқа орналастырып бериўди ўәде еткен. Райондағы Өрнек аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара  М.Н. ның үйинде  арза ийесинен 20 миллион сум пулды алдаўшылық жолы менен алған ўақытта усланды. Олардан химиялық жол менен қайта исленген  20 миллион сум пул айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Департаменттиң Қоңырат районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги