Электр станциясының быйылғы жылдың январь-июнь айлары ушын электр энергиясын ислеп шығарыў режеси  2,2 миллиард. кВт.саат болған болса, әмелде 2,4 миллиард. кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм реже  106,6 процентке орынланды.

Республикамыз ҳәм қоңсылас Хорезм ўәлаятының тутыныўшыларын электр энергиясы менен тәмийинлеўши тийкарғы кәрхана есапланған станцияда  суткасына орташа 13 миллион. кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылмақта.

Быйылғы жылдың өткен алты айында станцияда 1 кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын режедеги  319,13 грамм/кВт.саат орнына, 281,9 грамм/кВт/саат шәртли жанылғы жумсалды. Усының нәтийжесинде 12,6 миллион кубметр тәбийғый газ үнемленди.

Кәрханада гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары шеңберинде тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң турақлы ислеўи бойынша комплексли илажлар режеси ислеп шығылған болып, жумыслар белгиленген кесте тийкарында алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги