Ҳуқықый мүнәсибет

Қоңсы үйдеги қайта қурыў жумыслары процесинде шаўқым, ийислениў ямаса шаңқытыў ақыбетлери бақланыўы мүмкин. Бундай жағдайларда айырым шағымлар болыўы мүмкин.

Хош, нызамшылықта бул бағдарда қандай жуўапкершилик ямаса қағыйдалар белгиленген? Бул сораўға Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасы хызметкери Жавоҳир Эшонқулов төмендегилерди мәлим етти.

– Өзбекстан Республикасы Конституциясының 66-статьясына тийкарланып, мүлк ийеси өзине тийисли мүлкке өзиниң қәлегенинше ийелик етеди, оннан пайдаланады ҳәм оны басқарады. Мүлктен пайдаланыў қоршаған орталыққа зыян жеткермеўи, басқа да шахслардың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықларын сондай-ақ, нызамлы мәплерин бузбаўы керек.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 212-статьясына тийкарланып, нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында, сондай-ақ, имарат қурыў ушын зәрүр руқсатнама алмастан ямаса архитектура ҳәм қурылыс нормалары сондай-ақ, қағыйдаларын қатаң бузған ҳалда қурылған турақ жай, басқа да имарат, объект ямаса басқа көшпес мүлк өзбасымшалық пенен қурылған имарат болып есапланады.

Өзбасымшалық пенен имарат қурған шахс мүлк ҳуқықын ала алмайды. Бул шахс қурған имаратын басқарыўға ҳақылы емес. Өзбасымшалық пенен имарат қурыў нәтийжесинде ҳуқықлары бузылған шахстың ямаса тийисли мәмлекетлик уйымның шағымы менен бундай имарат бузып тасланыўы керек.

Соның менен бир қатарда, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 231-статьясына тийкарланып, мүлк ийелери өз ҳуқықларының ҳәр қандай бузылыўын, бул бузылыў ийелик етиўден айырыў менен байланыслы болмаса да, сапластырыўды талап етиўи мүмкин.

Демек, жоқарыдағылардан келип шығып, жасап турған аймақтағы кадастр бөлимине мүрәжәт етип, болып атырған жағдайды түсиндирип бериў мақсетке муўапық болады. Кадастр бөлиминде жумыс ислеўши хызметкерлер имарат жайласқан орынға шығып жағдайды үйрениўи ҳәм тийисли мүнәсибет билдирмесе, бундай жағдайда бул мәселе бойынша жасап турған аймақтағы пуқаралық судына мүрәжат етиў усыныс етиледи.

Гулноза Бобоева, ӨзА