Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты  Жийенбай Избасқановтың “Тулпар ҳаққында баллада”, “Жаз өткенде”, “Өмирге ашықлық”, “Муҳаббаттың алмаз қырлары” “Мен күткен күн”, “Өмир жолы” “Ақ қуслар” сыяқлы поэзиялық топламлары китап оқыўшыларына жақсы таныс.

Соңғы жыллары шайыр наўқас болып, қәлемлес дослары, шәкиртлери оның шаңарағында болып, ҳал-жағдайынан хабар алып турыпты. Өткен күни Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов, Қарақалпақстан халық шайырлары Р.Мусурман, Х.Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Абдиевлар шайыр шаңарағында болып, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы кәсиплик аўқамы тәрепинен арнаўлы арбаша саўға етти.

Ушырасыў қәлемлес дослардың, устаз-шәкиртлердиң дөретиўшилик сәўбетине айланды. Шайырдың китабын өзбек тилине аўдарыў ушын соралғанда, өмирлик жолдасы Наржан Атабаева Жийенбай Исбасқановтың жети жүз бетлик “Ақ қуслар” китабы менен бирге өзиниң “Бул-муҳаббат еди”, “Гүллердиң бир данасы” гүрриңлер топламларында саўға етти.

Солай етип, шайырдың ҳәм оның өмирлик жолдасы, талантлы жазыўшы Н.Атабаеваның шығармалары жақын күнлерде өзбек тилинде басып шығарылатуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги