Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәдениятты қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәдениятты қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.

Қордың қаржылары Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәреклери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы район (қала)ларының жергиликли бюджетлеринде қәлиплескен қосымша дәреклер есабынан ҳәр шеректе ажыратылатуғын қаржылар;

халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм сырт ел грантлары сондай-ақ, техникалық жәрдем қаржылары;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердеги депозитлерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында алынатуғын дәраматлардың бөлистирилиўинен түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклеринен қуралады.

Қордың қаржыларынан мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери, қәбилетли дөретиўшилерди, әсиресе, жасларды материаллық қоллап-қуўатлаў;

аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған, социаллық қорғаўға мүтәж мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерин анықлаў, оларға мәнзилли социаллық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў илажларын шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў;

мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлериниң жумысын материаллық қоллап-қуўатлаў;

дөретиўшилер, дөретиўшилик ҳәм көркем өнер жәмәәтлериниң жергиликли ҳәм сырт ел гастроль сапарларын шөлкемлестириў;

мәденият шөлкемлериниң имаратлары ҳәм объектлеринде қурылыс-монтажлаў жумысларын алып барыў, олардың жумысына заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм алдынғы инновацияларды енгизиў;

нызамшылық ҳүжжетлерине нәзерде тутылған басқа да қәрежетлерди қаплаўда пайдаланылады.

Мәденият ҳәм туризм министрлиги Қорға Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 2023-жыл ушын Мәденият ҳәм туризм министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан 20 миллиард сум ажыратады.

ӨзА