ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат басшысы Р.Юлдашеваның басшылығында 9-июль Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында партиядан бақлаўшы сыпатында белсене қатнасқан бир топар партия белсендилерин сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Илажға ӨзЛиДеП ҳәм «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан сайланған депутатлар ҳәм белсенди ағзалары қатнасты.
Илажда олардың Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўириндеги айрықша хызметлери атап өтилип, партия белсендилерине «Алғыснама» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги