Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы мүнәсибети менен мәмлекетимизге келген бақлаўшылардың бир топар ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерилди.
Атап айтқанда, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Қырғызстан Республикасы Жогорку Кенеши Торағасының орынбасары Нурланбек Азигалиев басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.
Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниң баслығы мәмлекетимизге келген Литва парламенти Экономика мәселелери комитетиниң баслығы К.Стеркевичус пенен ушырасты.
Парламент төменги палатасының Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитетиниң баслығы Дилором Файзиева Президентлик сайлаўда халықаралық бақлаўшы сыпатында мәмлекетимизге келген Эстония парламентиниң Сыртқы байланыслар комитетиниң баслығы Марко Михелсон, Латвия Сейминниң Халықаралық байланыслар комитетиниң баслығы Рихардс Колс, Латвия Сыртқы ислер комитетиниң кеңесгөйи Артурс Ефимовс пенен ушырасты.
Спикер орынбасары Алишер Қодиров болса Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Австрия Миллий кеңесиниң депутаты, «Австрия – Орайлық Азия» парламентлераралық дослық топарының баслығы Эва Эрнст-Дзедзич пенен ушырасты.
Бул ушырасыўларда мәмлекетимизде болып өткен Өзбекстан Республикасы Президентиниң сайлаўына ҳаққында тоқтап өтти. Соның менен бирге, парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў бағдарында пикир алысылды.
М.КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы