Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда 2023-жыл 9-июль күни болып өткен мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы нәтийжелери ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының мүнәсип түрде, сайлаўшылардың белсендилигинде болып өтти. Онда сайлаўшылар дизимине киргизилген пуқаралардың 15,6 миллионнан асламы ямаса дерлик 80 проценти өзиниң ерк-ықрарын еркин билдирип, өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.










Мәжилисте 2023-жыл 9-июль күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жуўмақлары бойынша протокол дүзилди ҳәм сайлаў нәтийжелерин тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди. Соның ишинде, сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 87,05 процент даўысы менен Шавкат Миромонович Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына сайланғаны ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Робахон Анваровна Маҳмудоваға сайлаўшылардың 4,43 проценти, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан Улуғбек Илёсович Иноятовқа 40,2 проценти ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Абдушукур Худойқулович Ҳамзаевқа 3,74 проценти жақлап даўыс бергени протоколда сәўлелендирилди.

Буннан тысқары, мәжилисте мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде Орайлық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжатлар ҳаққындағы мәселе де көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы