Быйылғы жылдың балаларды саламатландырыў мәўсими 2-июньнен басланған еди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси Балалардың дем алыўы ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириў департаменти тәрепинен дем алыў орайларының жумысы турақлы қадағалаўға алынып, олардың ашылыў ҳәм жабылыў илажларына тайынланған ўәкиллердиң қатнасыўы тәмийинленбекте.

Буннан басқа дем алыў орайларындағы жаратылған шараятлар, аўқатланыў ушын ажыратылған азық-аўқат өнимлериниң жарамлылығы, дем алыў бөлмелериндеги инвентарьлардың сазлығы, қәўипсизлик үскенелериниң жарамлылығы тексерилип тийисли көрсетпелер берилмекте.






Усы жылдың 12-июль ҳалатына, үш сменада республикамыз бойынша, жәми 80 дем алыў орайы, соның ишинде, 11 стационар, 69 саламатландырыў майданшалары өз жумысларын баслап, бүгинги күнде 10 стационар дем алыў орайы өзиниң үшинши сменадағы жумысларын жуўмақлады ҳәм 1 дем алыў орайы жумысын даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта усы «Жайҳун-2» дем алыў орайында, жәми 85 бала дем алмақта.

– Сондай-ақ, район ҳәм қалаларда шөлкемлестирилген 69 саламатландырыў майданшаларына 3-смена бойынша 3350 бала қабыл етилип, өзиниң сменасын жуўмақлады,-дейди Балалардың дем алыўы ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасының баслығы Р.Мадреимов.

Мәўсим басланған 2-июнь күнинен 11-июль күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 14285 баланың, соның ишинде 11 стационар дем алыў орайларында 3 сменада жәми 4235 ҳәм районлардағы 69 саламатландырыў майданшаларында жәми 10050 баланың дем алыўы тәмийинленди.

Үшинши мәўсимде 59 шаңарақлық балалар үйлериниң тәрбияланыўшылары ҳәм 559 кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери дем алдырылды.

Барлық дем алыў орайларына балалар жол патруль хызмети хызметкерлериниң бақлаўы астында автобусларда алып барылып, ол жерге кириўден алдын олардың дәслепки медициналық тексериўлерден өткерилиўи тәмийинленди.

Балалардың ўақытларының кеўилли ҳәм мазмунлы өтиўи ушын ҳәр қыйлы интеллектуаллық ойынлар, жарыслар шөлкемлестирилип барылды.




Дем алыў орайларында ҳәм олардың әтирапларында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде ишки ислер уйымларының хызметкерлери, сондай-ақ, балалардың саламатлығын тәмийинлеў ҳәм қадағалап барыў мақсетинде медицина хызметкерлериниң турақлы нәўбетшилиги жолға қойылды.

Департамент жанында турақлы жумыс ислейтуғын Республикалық ҳәм аймақлық штаблар шөлкемлестирилип, балалардың дем алыў орайларына қабыл етилиўи, мәўсимниң барысы туўралы күнлик оператив мағлыўматларды топлаў жолға қойылған ҳәм олар тийисли министрликлердеги штабларға берип барылмақта.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, быйылғы жылғы мәўсимде жәми 80 дем алыў орайында 23660 баланы дем алдырыў режелестирилген. Соннан 6910 баланың стационар дем алыў орайларына, 16750 баланың саламатландырыў майданшаларына қамтылыўы белгиленген.

Төртинши смена 14-июль күнинен басланады.

Қарақалпақстан хабар агенлиги