2022-жылдыӊ 18 сентябри күни Төрткүл районы Ишки ислер бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ  131-статьясыныӊ 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыпланып излеўде жүрген пуқара усланды.

Төрткүл районында жасаўшы 1982-жылда туўылған К.М исмли шахс Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Оператив қыдырыў хызмети ҳәм Төрткүл районы Ишки ислер бөлими Жынаят излеў бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен усы жылдыӊ 10-июль күни өткерилген оператив илаж даўамында Ташкент қаласында қолға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги