Елликқала районының Гүлистан аўыл пуқаралар жыйынындағы «Алижан» фермер хожалығында район ҳәкими ҳәм орынбасарлары, жуўапкер ўәкиллер, фермер, дийқан хожалықларының, пахташылық кластерлери басшыларының қатнасыўында ғаўашаларды шырпыў (чеханкалаў) ды сапалы әмелге асырыўға бағышланған семинар өткерилди.
Онда райондағы 296 фермер хожалығында жәми 9 мың 537 гектар майданда егилген ғаўашаларды шырпыў жумысларын сапалы ҳәм тез арада жуўмақлаў бойынша жуўапкер тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Семинарда шығып сөйлеген бир қатар фермерлер өзлериниң тәжирийбелери менен ортақласып, усынысларын билдирди.
– Ғаўашаның өсетуғын бөлегин шырпыў жүдә әҳмийетли агротехникалық илаж болып табылады. Бул илаж өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырылса, зүрәәттиң төгилиўиниң алдын алыў, ғөреклериниң толық қәлиплесиўи ҳәм ерте писип жетилисиўи, пахта зүрәәтиниң гектарына 3-4 центнерге артыўы ҳәм талшығының сапасы жоқары болыўына тәсир ететуғынлығы республикамыздың ҳәр қыйлы шараятларында өткерилген илимий изертлеўлерде ҳәм пахтакешлердиң әмелий тәжирийбелеринде дәлийлленген, -дейди Республика пахташылық кеңеси ўәкили А.Юлдашев. – Ғаўашаның вегетатив массасы қанша үлкен болса, өсимликке топырақтан келетуғын азықлық затлардың шақалар ҳәм жапырақларда топланыўына, гүллер ҳәм ғөреклерине азырақ жетип келиўине себеп болады. Сол ушын әлбетте барлық атызларда шырпыў илажлары әмелге асырылыўы шәрт.
Семинар даўамында «Жаслар дәптери»нде турған бир қатар жасларға мотокультиваторлар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги