Республикамыз дийқан базарларындағы шараятларды жақсылаў ҳәм халықты тийкарғы азық-аўқат және аўыл хожалығы өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, баҳасын тәртипке салыў, олардың тийкарсыз артып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде аймақларда арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.
Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қанлыкөл районы бөлими, «Қанлыкөл дийқан базары» ЖШЖ ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте районның алыс аймақларында арзанластырылған саўда ярмаркалары өткерилмекте.
Усындай саўда ярмаркасы райондағы Алтынкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өткерилип, аймақ турғынларының азық-аўқат өнимлерин үйлерине жақын жерден ҳәм арзан баҳада сатып алыўына имканият жаратылды. Ярмаркаларды өнимлер менен үзиликсиз тәмийинлеў мақсетинде жеткерип бериўши кәрханалар, агрофирмалар ҳәм фермер хожалықлары жуўапкер етип белгиленген.
– Мәҳәллемизде шөлкемлестирилген ярмаркада 40 қа шамалас түрдеги аўыл хожалығы, ун, гүриш, пахта майы сыяқлы азық-аўқат өнимлери сатылмақта, -дейди Алтынкөл аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Арзыгүл Сагатдинова. – Әсиресе, күнделикли турмысымызда көп пайдаланылатуғын мал гөши ҳәм мәйек базарға салыстырғанда арзан баҳада сатылып атыр.
Район ҳәкимлигиниң хабар бериўинше, Қанлыкөл районының дийқан базарлары, саўда комплекслери ҳәм ең шетки аймақларында арзанластырылған саўда ярмаркаларының өткерилиўи даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги