Бүгин, 11-июль күни Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў имтиханлары басланды.

Быйылғы оқыў жылында мектепке 7-8-9-классларға 47 оқыўшы қабылланыўы белгиленген. Дөретиўшилик мектебинде оқыў мақсетинде 374 талабан ҳүжжет тапсырған.

Бүгин усы талабанлардан дөретиўшилик текст жаратыў бойынша имтиханлар алынбақта. Усы жылдың 13-14-июль күнлери дөретиўшилик сәўбет, 17-22-июль күнлери тест сынағы өткерилиўи режелестирилген.




– Бүгинги дөретиўшилик имтиханда төрешилер қурамы тәрепинен берилген анимациялық сүўретлердиң мазмунын талабанлар толық ашып бериўи, көриниске өзлериниң пикирлерин, дүньяға көзқарасын билдириўи талап етиледи, -дейди дөретиўшилик мектебиниң директоры Руслан Ташимов. – Бүгин имтихан тапсырып атырған оқыўшылар келешекте өзбек ҳәм қарақалпақ тиллерин ҳәм әдебиятын дүньяға танытатуғын, ели-халқы қәдирлеген, белгили шайыр-жазыўшылар болып жетилисип шығады, деп исеним билдиремиз. Имтиханларымыз ашық-айдын, әдалатлы түрде өткерилип атыр. Буны мектептиң сыртында өз перзентлериниң имтихан тапсырыў процесин онлайн түрде бақлап отырған ата-аналар да сезинбекте.

– Дөретиўшилик имтиханын тапсырып шықтық, -дейди Қоңырат районынан Ринат Жақсылыков. – Бизлерге китапқумарлық темасы бойынша жазба жумысын жазыў тапсырмасы берилди. Мен өзим оқыған китаплар, билим дәрежемиздиң, дүньяға көзқарасымыздың жоқарылаўында олардың әҳмийети ҳәм И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектепке оқыўға кирсем, алдыма қойған мақсетлерим ҳаққында жаздым. Ата-анамның, мектебимдеги устазларымның исенимин ақлаў ушын имтиханларда жақсы нәтийжелер көрсетиўге ҳәрекет етемен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги