Социаллық тармақларда Төрткүл районы медицина колледжи жәмәәти арасында болған тартыслы жағдайлардан тарқалған видеокөринислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы рәсмий мүнәсибет билдирди.
Онда атап өтилгениндей, пуқаралардыӊ мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм оларды унамлы шешиў барлық мәмлекетлик уйымлардыӊ, соныӊ ишинде прокуратураныӊ да әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады. Быйылғы жылдыӊ биринши ярымында Қарақалпақстан Республикасы прокуратура уйымларына жәми 8 мыӊ 294 мүрәжат келип түскен болса, соннан 6 мыӊ 112 си тиккелей прокуратура уйымлары тәрепинен көрип шығылды. Олардан 1 мыӊ 816 сы қанаатландырылып, 2 мыӊ 17 пуқара ҳәм юридикалық тәрептиӊ ҳуқуқы тикленди.
Тиккелей көшпели қабыллаўларда прокурорлар тәрепинен 3 мыӊға шамалас пуқара қабыл етилип, олардан 810 пуқараныӊ талабы қанаатландырылды. Соныӊ ишинде, социаллық тармақлар арқалы келип түсип атырған мүрәжатлар да прокуратура уйымларыныӊ айрықша итибарында болып, оныӊ нәтийжелери турақлы түрде кеӊ жәмийетшиликке жеткерип барылмақта.
2023-жыл 5-июль күни мүрәжат жоллаған медицина колледжиниӊ бир топар оқытыўшылары республика прокуратурасы тәрепинен қабыл етилип, бул бойынша тексериў өткерилмекте. Оныӊ жуўмағы бойынша барлық жағдайлар толық ҳәм қалыс үйренилиўи ҳәм ҳуқықый баҳа берилиўи тәмийинленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги