2023-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде жер салығы ставкасының еки есеге азайтылыўының нәтийжесинде, республикамыздағы 2205 исбилерменлик субъектиниң 33,3 млрд. сумлық қаржысы өзлериниң ықтыярында қалыўы күтилмекте.

– Мысалы, кәрхананың ийелигиндеги 2,1 гектар жерге  белгиленген ставкада (1 га 32,4 млн. сум) 68,0 млн. сум салық есапланған болса, ендигиден былай (68,0*50%) 34,0 млн. сум салық төлейди. Жәмийет ықтыярында 34,0 млн. сум қаржы қалыўы күтилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының мәлимлеме хызмети қәнигеси М.Мершиева.

Республикамыздағы исбилерменлер ушын жаратылған усы салық жеңилликлери әмелде пайдаланылып, халқымыздың  абаданласыўына хызмет етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги