Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен жеке меншик балалар бақшасын ашыў арқалы, жумыс ислеп атырған исбилерменлерге «Success Boost:  балалар бақшаларын раўажландырыў ушын тренинг» атамасында бизнес семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда басқарма баслығының орынбасары М.Қосназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, балалар бақшасын раўажландырыў ҳәм оны басқарыў сырлары, маркетинг стратегиясын ислеп шығыў, өзине тән имидж жаратыў сыяқлы мәселелер ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиз  тәрепинен мәмлекетлик бақшалар менен бир қатарда жеке меншик балалар бақшасының жумысларын жолға қойыў арқалы бақша жасындағы балаларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың қоршаған орталыққа бийимлесиўине, өзиниң жасына сай билим ҳәм көнликпелерге ийе болып, физикалық ҳәм руўхый жақтан жетилисип барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылды.

Нәтийжеде исбилерменлер тәрепинен жеке меншик балалар бақшалары ашылып, онда тәрбияланыўшылар мектепке шекемги билимлерин беккемлеп келмекте.

Тренинг жуўмағында қатнасыўшылар балалар бақшасының ҳәзирги жағдайын анализ етиў ҳәм жақсылаў бағдарында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги