Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Қырғызстан жетекшиси мәмлекетимиз басшысын кеше болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қутлықлады. Атап өтилгениндей, даўыс бериў нәтийжелери мәмлекетимиз халқы Өзбекстанның турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған прагматикалық сиясатқа исенетуғынын ҳәм оны кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын анық көрсетти.

Телефон арқалы сөйлесиўи даўамында еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Уйымлар аралық сөйлесиўлердиң жедел өтип атырғаны, еки мәмлекет исбилерменлери ҳәм аймақлары арасындағы алмасыўлардың нәтийжели болып атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың 1-июнь күнинен Ош қаласында Өзбекстанның бас консуллығы өз жумысын баслады. Өз-ара товар алмасыў көлеми артып бармақта, автомобиль қурылысы, энергетика, электротехника ҳәм тоқымашылық тармақларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Биргеликтеги Инвестиция фондының жумысы жолға қойылды.

Гуманитарлық тараўда еки мәмлекет ақсақаллары, зиялылары ҳәм жасларының қатнасыўындағы Әўладлар қарым-қатнасы шеңбериндеги илажларға таярлық көрилмекте.

Мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги келисимлердиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

ӨзА